- •(2 Саат)
- •Пайдаланыўшы программасында ҳәм эем ядында мс классификациялаў
- •Қадағалаў сораўлары
- •Пайдаланыўшы тәрепинен анықланатуғын түрлер Саналатуғын түр
- •Шегараланған яки диапазонлы түрлер
- •1. Векторлар
- •2. Массивлер
- •3. Жазыў
- •4. Кестелер
- •(Массалық хызмет көрсетиў түрлери)
- •1. Стеклер
- •Insert (q,X) элемент қосыў әмели.
- •Байланысқан дизимлер
- •Бир бағытлы дизимлер
- •Ҳалқа тәризли бир бағытлы дизим
- •Бир бағытлы дизимлер үстинде орынланатуғын әпиўайы әмеллер
- •Еки бағытлы дизим
- •Ҳалқа тәризли еки бағытлы дизим
- •Стеклерди бир бағытлы дизимлер жәрдеминде әмелге асырыў
- •Дизимге енгизиў мүмкин болған нәўбет әмеллери
- •Getnode, Freenode әмеллерин пайда етиў ҳәм босаған элементлерди утилизация қылыў
- •Дизимлер үстиндеги әмеллерге байланыслы мәселелер
- •1 Мәселе.
- •2 Мәселе.
- •Сызықлы емес байланысқан структуралар
- •Бинар тереклер
- •Бинар теректен элементти өшириў процедурасы
- •Қадағалаў сораўлары
- •1. Избе-из излеў
- •2. Индексли избе-из излеў
- •3. Избе-из излеўдиң эффективлиги
- •4. Индексли избе-из излеўдиң эффективлиги
- •6. Табылған элементти дизим басына қосыў арқалы кестени қайта тәртиплестириў
- •7.Транспозиция усылы
- •Қадағалаў сораўлары
- •Гилтлерди сәўлелендириў.
- •Сәўлелендириў функциясини таңлаў.
- •Тосқынлықты шешиў алгоритмлери
- •Қадағалаў сораўлары
- •Пайдаланылған әдебиятлар Тийкарғы
- •Қосымша
Пайдаланыўшы тәрепинен анықланатуғын түрлер Саналатуғын түр
Мәнислердиң өзгериўшең түрлери стандартлардан парқлы жаңа түрлерди жаратыўға имканият береди. Бул топарға саналатуғын ҳәм шегараланған түрлер киреди.
Мәнислердиң саналатуғын түриниң бундай аталыўына себеп, олар қатаң анықланған тәртипте саналатуғын көринисте бериледи ҳәм барлық мәнислердиң саны қатаң шегараланған ҳәмде көрилип атырған түрдеги мәнислерди қабыл етиўи мүмкин. Саналатуғын түр шешилип атырған мәселеге қарап пайдаланыўшы тәрепинен берилиўи мүмкин.
Саналатуғын түр константалар дизиминен ибарат болады. Бул түрдеги өзгериўшилер дизиминдеги қәлеген мәнисти қабыл етиўи мүмкин. Саналатуғын түрдиң улыўма жазылыў формасы төмендегише:
TYPE_ түрдиң аты = (константалар дизими);
VAR_ өзгериўши аты: түрдиң аты;
Бул жерде константа түсиниги пайдаланыўшы тәрепинен берилетуғын арнаўлы константа көриниси түсиниледи. Константалар дизими бир-биринен үтир менен ажыратылады ҳәм олар әпиўайы скобкалар ишине алынады. Мәселен:
TYPE ЖЫЛ =( қыс, бәҳәр, жаз, гүз);
VAR A: ЖЫЛ;
бул жерде ЖЫЛ -саналатуғын түрдиң аты; қыс, жаз, гүз-константалар.
А - өзгериўши аты болып ол жоқарыдағы константалардан қәлегенин қабыл етиўи мүмкин.
Паскал тилинде саналатуғын түрдиң константалары туўғрадан-туўры өзгериўшилер бөлиминде ТУРЕ бөлимисиз де берилиўи мүмкин, яғный VAR A: (қыс, бәҳәр, жаз, гүз) ;
Ҳәр бир константа тәртип номерине ийе болып, есаплаў 0 ден басланады, яғный қыс-0, бәҳәр-1, жаз-2, гүз-3 номерлерине ийе. Константалар тәртипленгени ушын оларға салыстырыў әмеллери <, <=, =,<>, >=, > ҳәм ORD, PRED, SUCC сондай-ақ стандарт функцияларды қолланыў мүмкин.
Мысал.
Бизге ҳайўанлардың атамасы берилген. Бул дизимдеги жолбарыстың тәртип номери ҳәм түлкиден кейин турған ҳайўанның тәртип номери анықлансын.
PROGRAM_АНИКЛАШ (INPUT, OUT);
TYPE_ҳайўан=(түлки, қасқыр, қоян, зебра, жолбарыс, арыслан, айыў, бегемот, бүргит, барс)
VAR P1, P2 : ҳайўан
N1, N2 : INTEGER;
BEGIN
P1: = жолбарыс ;
P2: = SUCC (түлки) ;
N1: = ORD (P1) +1 ;
N2: = ORD (P2) +1;
WRITELN (`TAPTИБ номери жолбарыс =` , N1: 2) ;
WRITELN (` түлкиден кейин турған ҳайўанның тәртип номери = ` , N2:2)
END.
Ҳайўанлардың тәртиплениў номери нолден басланғанлығы себепли, олардың ҳақыйқый тәртип номерин анықлаў ушын N1 ҳәм N2 ге 1 қосыў керек болады.
Шегараланған яки диапазонлы түрлер
Егерде қандайда бир өзгериўши өзиниң түриндеги мәнислердиң ҳәммесин қабыл етпестен, тек қандайда бир шегараланған аралық мәнислерин қабыл етсе, ол жағдайда бул өзгериўшини шегараланған түр деп қараў мүмкин болады.
Мәселен, түрлерди сүўретлеў бөлиминде жылдың айлары көрсетилген болса, яғный ТУРЕ АЙ = ( январь, февраль, март, апрель, май, июнь, июль, август, сентябрь, октябрь, ноябрь, декабрь); бирақ мәселени шешиўде тек жылдың жаз айы қатнасса, ол жағдайда шегараланған түрди төмендегише жазыў мүмкин.
TYPE ЖАЗ = ИЮНЬ..АВГУСТ ;
ҳәм ол жыл айларының бир бөлегин пайда етеди.
Бул жағдайда Жаз түри АЙ түринен «кесип» алынған болып, Жаз түрине салыстырғанда АЙ база есапланады.
Мысалдан көринип турыпты, шегараланған түрлерде константалардың басланғыш ҳәм ақырғы мәнислери көрилип атырған диапазон ушын бериледи ҳәм бир-биринен (..) горизонтал еки ноқат пенен ажыратылады .
Шегараланған түрдиң улыўма көриниси төмендегише:
TYPE түр атама константасы;
Бундай түр төмендеги қағыйдаларға бойсыныўы керек :
Еки шегара константалары бир қыйлы түрде болыўы керек;
База түри сыпатында әпиўайы түрлердиң қәлегенинен пайдаланыўы мүмкин, тек ҳақыйқый түр (REAL) болмасын.
Шегараланған түрде басланғыш константа ақырғы константадан үлкен болмаўы керек .
Шегараланған түрдеги өзгериўшилер, өзгериўшилерди тәрийплеў бөлиминде олардың аты менен сүўретлениўи керек.
Қадағалаў сораўлары
Мағлыўматлар структурасын тийкарғы характеристикасы неден ибарат?
Мағлыўматлардың қандай түрлерин билесиз?
Пүтин түрдеги мағлыўматлар үстинде қандай әмеллерди орынлаў мүмкин?
Мағлыўматлардың бул түринде қандай әмеллер бар?
CHAR түриниң структурасы қандай?
Белгили түрден қандай әмеллерди орынлаў мүмкин?
Көрсеткишли түр мағлыўматы жәрдеминде нени есаплаў мүмкин?
Мағлыўматлардың саналатуғын түри деген не?
Диапазонлы түр қандай бериледи?
3-Лекция. Статикалық түрдеги мағлыўматлар структурасы (2 саат)
Реже:
1. Векторлар.
2. Массивлер.
3. Жазыўлар.
4. Кестелер.