Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция_matni(MAG_ST).doc
Скачиваний:
3
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
1.11 Mб
Скачать

4. Кестелер

Кесте - бул жазыўдың шекли жыйындысы.

Кесте берилип атырғанда онда қатнасатуғын жазыўлар саны көрсетип өтиледи.

Мәселен:

Type ST = Record

Num: Integer;

Name: String[15];

Fak: String[5];

Group: String[10];

Angl: Integer;

Physic: Integer;

var

Table: Array [1..19] of St;

Кесте мағлыўматларының элементи жазыў есапланады. Соның ушын кесте үстинде орынланатуғын әмеллер бул жазыў үстинде орынланатуғын әмеллер есапланады.

Кесте үстинде орынланатуғын әмеллер:

1. Берилген гилт бойынша жазыўды излеў.

2. Кестеге жаңа жазыўды киритиў.

Гилт – бул жазыў идентификаторы. Усы идентификаторды сақлаў ушын арнаўлы майдан ажыратылады.

Қоспа гилт – бул сондай гилт, ол екеўден артық майданды өз ишине алады.

Қадағалаў сораўлары

  1. Қайсы статикалық структура ең әпиўайы есапланады?

  2. Вектор деп неге айтылады?

  3. Жазыў деганде нени түсинесиз?

  4. Жазыўды жәриялаў қандай әмелге асырылады.

  5. Кестениң тийкарғы элементлерин санап бериң.

  6. Олардың тийкарғы қәсийетлерин айтип бериң.

  7. Статикалық түрдеги мағлыўматлар структурасы үстинде орынланыўы мүмкин болған әмеллер.

4-Лекция. Ярымстатикалық мағлыўматлар структурасы. (4 саат)

(Массалық хызмет көрсетиў түрлери)

Реже:

  1. Стеклер.

  2. Нәўбет.

  3. Дек.

Ярымстатикалық мағлыўматлар структурасына стек, дек ҳәм нәўбетлер киреди.

Ярымстатикалық мағлыўматлар структурасын үйрениўден алдын төмендеги түсиниклер менен танысып шығамыз.

Дизимлер

Дизим бул сондай мағлыўматлар жыйындысы, оның элементлери байланысқан болып, олар ҳәр түрли түрлерге тийисли болыўы мүмкин.

Дизимге мысал:

E1, E2, ........, En,... n > 1 болып n фиксирленбеген.

Дизим элементлери саны программа орынланыўы даўамында өзгерип турыўы мүмкин. Дизимниң 2 түри бар:

  1. Байланыспаған

  1. Байланысқан

Дизимниң байланыспаған түринде оның элементлери арасындағы байланыслылық ашық емес (анық емес) көринисте болады. Байланысқан түринде болса мағлыўмат элементлерине дизимде өзинен алдыңғы яки кейинги келиўши элемент пенен байланысын билдириўши көрсеткиш киритиледи.

Стек, дек ҳәм нәўбетлер булар байланыспаған дизимлерге мысал болады. Буннан тысқары олар избе-из дизимге мысал болып, анық емес байланыслылық олардың избе-излиги арқалы көрсетиледи.

Күнделикли өмирде дерлик ҳәр күни ҳәр бир инсан нәўбет түсиниги менен дус келеди. Улыўма алғанда нәўбет элементи қандайда бир хызмет көрсетиўге буйыртпа болып есапланады: мәселен, мағлыўматлар бюросында керекли мағлыўматты алыў, кинотеатрларда билет алыў, магазинде сатып алынған өнимлерге кассада пул төлеў ҳәм басқа.

Программаластырыўда сондай мағлыўматлар структурасы бар, ол нәўбет деп аталады. Бул түрдеги мағлыўматлар структурасында келип түскен буйыртпаларға хызмет көрсетиў тәртиби анықланады.

Нәўбетлер ярымстатикалық структура есапланып, ўақыт өтиўи ҳәм нәўбет узынлығына қарап, оны шөлкемлестириўши элементлер өзгерип турыўы мүмкин.

Нәўбетти шөлкемлестириўши элементлерге хызмет көрсетилиўине қарап, нәўбеттиң тийкарғы еки көриниси бар:

  1. Нәўбеттиң биринши көринисинде, нәўбетке келип түскен биринши элементке биринши болып хызмет көрсетиледи ҳәм нәўбеттен шығарылады. Усы көринистеги хызмет көрсетиўди FIFO (First input-First output, яғный биринши келген – биринши кетеди) атаў қабыл етилген. Нәўбет ҳәр еки тәрептен ашық болады.

  1. Екинши көринисти LIFO (Last input - First output, яғный ақырғы келген – биринши кетеди) делинип, нәўбетке келип түскен ақырғы буйыртпа (элемент)ға биринши болып хызмет көрсетиледи. Усы көринистеги нәўбетти программаластырыўда СТЕК деп атаў қабыл етилген.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]