Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

8.2. Форма дүзилмеси

MICROSOҒT ACCESS басқарыў панелиниң Вид(көринис) түймесин шертиў нәтийжесинде форма дүзилмеси менен панель элементлери (форманың басқарыў процессин жарататуғын әсбаплар менен тәмийнленген) ашылады.

Форма дүзилмеси үш бөлектен турады:

-форма басламасы;

-мағлыўматлар берилетуғын жай;

-ескертиўлер қатары.

Басқарыў элементлери тийкарынан мағлыўматлар берилетуғын жайда аңлатылған болады (12-сүўрет).

Басқарыў элементлериниң астында көринистиң фоны жайласып, ол форманың ишки майданын аңлатады. Мышьты жылжытыў менен бул өлшемди өзгертиў мүмкин.

Айрым майданша аты менен мағлыўматлар жайласатуғын аралыққа жазыў киритиў мүмкин.

8.3. Жазыўды дүзиў

Форманы редакторлаў жаңаны дүзиў ямаса басқарыў элементиндеги барын өзгертиўден, сондай-ақ олардың өз-ара жайласыўын өзгертиўден турады. Жаңа басқарыў элементин дүзиў усылларын қарағынымызда форманы дүзиўши, оның баслама бөлимин толтырыўшы мастерден пайдаланамыз.

1. Баслама ҳәм мағлыўматлар областы арасындағы ажыратыўшы шегараны төменге жылыстырып, үлкен үстинги жазыў ушын жоқарыдан жетерли орын ажыратамыз.

2. Элементлер панелиндеги жазыў (Надпись) деп аталыўшы басламаны дүзиў ушын айрықша басқарыў элементи бар.

3. Оны шертип, ал кейин формада ықтыярый тексти киритиўде форматты ойламасаңда болады. Киритиўди тамамлап ENTER клавишти басыў керек, кейин тексти безеўге болады.

4. Басқарыў элементин форматлаў ушын оны дәслеп ажыратыў керек. Бул ушын таңлаў обеьктиниң (Выбор объектов) әсбаплары хызмет етеди.

5. Басқарыў элементин ажыратыўда сегиз маркерли рамка ( мүйеш бойынша ҳәм рамка тәреплериниң ортасы ҳаққында ) дүзиледи. Рамканы шегараны жылжытыў усылы менен созыў ямаса қысыў мүмкин Маркерге мышьтиң көрсеткишин кириткенде, форма ашық алақанның көринисин қабыллап өзгертеди. Бул ўақытта рамканы жылжытыў мүмкин.

6. Рамканың сол жоқарғы маркери айрықша роль ойнайды. Оған мышьтиң көрсеткишин әкелгенде көрсеткиш бармақтың формасын алады.

7. Қашан обьект ажыратылса, шрифттиң параметрин өзгертиў мүмкин, текстти тегислеў усылын ҳәм форматлаўдың басқа элементлерин пайдаланыў мүмкин. Бул ACCESS әсбаплар панелиндеги сәйкес форматлаў қураллары менен орынланады.

8. Егер ажыратылған элементте мышьтиң оң түймесин шертсек, оның коньекстли менюси ашылады, онда безеўдиң өзгериўиниң қосымша мүмкиншиликлери бар. Мысалы саялы Безеўди қолланыў.

8.4. Байланысқан майданшаларды дүзиў ҳәм редакторлаў

1. Таблицаның басламасы таблицаның майданшасына байланыслы емес. Сонлықтан жазыў (Надпись) басқарыў элементин бос майданша деп айтады. Оған киритилген текст өзгериссиз қалады.

2. Басқарыў элементлери менен болған исте таблица майданшасының мазмуны сәўлеленеди. Сондай басқарыў элементлери байланысқан элементлери делинеди.

3. Оларды дүзиў ушын элементлер панелиндеги майданша элементи хызмет етеди.

4. Байланысқан майданшаны дүзиўде оның менен биргеликте байланысқан үстинги жазыўды басқарыў элементи дүзиледи.

5. Нәтийжелик («Результативность») байланысқан үстинги жазыўдағы сөздиң ақырғы ҳәриби жазылмаған. Бул қәте емес. Мастер форманы дүзгенде үстине жазып жиберген.

Мышьтиң жәрдеми менен басқарыў элементин жылжытыў ҳәм олардың өлшемин өзгертиў жүдә қолайлы емес. Бул ушын SHIҒT ямаса CTRL клавишаларының комбинациясын қолланған қолайлы. Биринши жағдайда басқарыў элементиниң өлшеми өзгереди.

6. Байланысқан үстинги жазыўдан майданшаны үзиўди сол жоқары мүйештеги маркер орынлайды. Оған мышьтиң көрсеткишин әкелгенде көрсеткиш бармақтың көринисин алады. Бул ўақытта байланысқан майданша байланысқан үстинги жазыўдан үзиў мүмкин ҳәм бөлек жылжыйды.

Басқарыў элементи формада тегичс қатарларда жайласыўы ушын айрықша тегислеў командасы бар. Дәслеп таңлаў обьекти (Выбор объектов) әсбап жәрдеминде басқарыў элементлериниң топары ажыралады (SHIҒT клавиш басылғанда топар ажыралады), кейин Формат > Выровнять (тегислеў) командасы бериледи ҳәм тегислеў усыллары таңланады.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]